Paziyletuz | Рәсмий канал
73K subscribers
27.8K photos
4.11K videos
34 files
33.4K links
Download Telegram
#қурбанлық

ҚУРБАНЛЫҚТЫ ШАЛЫЎДАҒЫ МУСТАҲАБ ИСЛЕР

Сораў: Сойыўдағы мустаҳаблар қайсы?

Жуўап: Сойған ўақыттағы мустаҳаб ислер төмендегилер:

1. Күндизги ўақытта сойылыўы;
2. Сойып атырған қассаптың қублаға жүзлениўи;
3. Сойылып атырған ҳайўанның қублаға жүзлениўи;
4. Пышақтың өткир болыўы;
5. Ҳайўанға жумсақлық пенен мәмиле етилиўи;
6. Қой, ешки ҳәм қарамалдың шеп тәрепине жатқарылыўы, түйениң оң дизеси байланып аяқта турған ҳалда сойылыўы;
7. Ҳайўанлардың тамақ тәрептен сойылыўы;
8. Тамырлардың ҳәммеси кесилиўи;
9. Тамырлардың тез кесилиўи;
10. Қой, ешки ҳәм қарамалдың жағының астынан, түйениң мойнынан сойылыўы;
11. Пышақ пенен мойындағы қабырға жилигине шекем кеспеў;
12. Гегирдек сүйеги ҳайўанның бас тәрепинде қалыўы;
13. Ҳайўанның жаны толық шыққанынан кейин терисин айырыў;

Түсиндирме: Мустаҳаб - қылсаң саўап, қылмасаң гүна болмаған әмеллер.


https://t.me/joinchat/AAAAAEUZPAm6wk-2LZebeQ
#Қурбанлық

ҚУРБАНЛЫҚТЫҢ ЎӘЖИП БОЛЫЎЫ

Сораў: Қурбанлық кимлерге ўәжип?

Жуўап: Қурбанлық бай ҳәм муқим (сапарда болмаған) ҳәр бир мусылман еркек ҳәм ҳаялға ўәжип.

Сораў: Бай деп кимге айтылады?

Жуўап: Қарызынан ҳәм тийкарғы итияжларынан басқа 20 мисқал (80,18 гр) алтын ямаса сол қыйматтағы пул яки мал-дүньяға ийе болған адамға айтылады. Қурбанлық пенен зәкаттың нысабы бирдей болыўы менен бирге, қурбанлық нысабында мал-дүньяның көбейетуғын болыўы ямаса қурбанлық мүддетинен бир жыл өтиўи керек деген шәрт жоқ.

Сораў: Тийкарғы итияжлар қандай?

Жуўап: Адамның жасап атырған үйи, керекли үй әнжамы, кийими, көлиги, жумыс қураллары ҳәм соған уқсаслар тийкарғы итияжлардың әҳмийетлиси.

Сораў: Муқийм деп кимге айтылады?

Жуўап: Муқийм деп қурбанлық сойылатуғын күнлерде шаңарағы жасап атырған жерде болған ямаса сапарда кеминде он бес күн яки оннан да көп қалыўға нийет еткен адамға айтылады. Қурбанлық етиў, сойыў ҳәм гөшин ҳақылы адамларға бериў қыйын болғаны ушын мүсәпир адамға, егер бай болса да қурбанлық шалыў ўәжип етилмеген. Лекин мүсәпир қәлесе нәпил жолына көре қурбанлық шалыўы мүмкин.

Сораў: Мүсәпир қурбанлық сойғаннан кейин қурбанлық шалынатуғын күнлерде муқийм ҳалатына өтсе, және қурбанлық шалыўы керек пе?

Жуўап: Яқ, мүсәпир қурбанлық шалғаннан кейин ҳайыт күнлеринде муқийм ҳалатына өтсе және қурбанлық шалыўы керек емес.

https://t.me/joinchat/AAAAAEUZPAm6wk-2LZebeQ