Paziyletuz | Рәсмий канал
72.3K subscribers
27.8K photos
4.14K videos
34 files
33.5K links
Download Telegram
#хабар #зыярат

ПРЕЗИДЕНТИМИЗ МҮБӘРЕК РАЎЗАНЫ ЗЫЯРАТ ЕТИП, ПАЙҒАМБАР АЛАЙҲИССАЛАМҒА ХАЛҚЫМЫЗДЫҢ СӘЛЕМЛЕРИН ЖЕТКИЗДИ

🌙 Мадинаи мунаўўара зыяратында болып турған ҳүрметли Президентимиз Масжиду Набаўийдеги мубәрек раўзаны зыярат етип, Пайғамбар алайҳиссаламға халқымыздың сәлемлерин жоллады.

🔹Зыярат даўамында мәмлекетимиз басшысына Өзбекстан мусылманлары басқармасы баслығы, муфтий ҳәзирет Нуриддин Холиқназаров, зыялылар, ҳүкимет ўәкиллери ҳәм жергиликли жуўапкерлер жолдаслық қылмақта.

🌙 Мағлыўмат орнында, Мадинаи мунаўўарадағы Масжиду Набаўийде Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам ҳәдислеринде айтылған раўза деген орын бар, зыяратқа барған адамлар сол раўзада дуўалар қылыўға умтылады.

Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам “Үйим менен минберим арасында жәннет раўзаларынан бир раўза бар” деди. (Имам Бухарий).

🌙 Раўза — бағ деген мәнини билдиреди.
Уламалар ҳәдистеги “раўза” сөзи ҳаққында ҳәр түрли пикирлерди айтқан. Көпшилиги, бул орын мийримниң түсиўи, зикир, ибадат ҳәм тиләўат себепли бахыт-саадаттың болыўы тап жәннет бағына уқсайды, деп тәрийплеген.

🤲 Аллаҳ тааладан бул орында қылынған дуўалар ижабат болыўын сораймыз.

Өзбекстан мусылманлары басқармасы Баспа сөз хызмети

#ПРЕЗИДЕНТ #МАДИНА #ЗЫЯРАТ #МУФТИЙ
#САУДИЯ_АРАБСТАНЫ


https://t.me/paziyletuz