Paziyletuz | Рәсмий канал
72.9K subscribers
27.8K photos
4.12K videos
34 files
33.4K links
Download Telegram
#сүннетке_әмел_етемиз

ӨЗ-АРА САЎҒА ҮЛЕСИЎ ҲАҚҚЫНДА

Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саламның ең гөззал сүннетлеринен бири өз-ара саўғалар үлесиў еди. Бул ис адамлар арасында муҳаббат туқымын егеди.

Әбиў Ҳурайра разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынған ҳәдис: “Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: “Өз-ара саўға үлесиң, ортаңызда муҳаббат болады", – деген".
Байҳақий рәўияты.

Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам кишкене ҳәм әпиўайы нәрсе болған саўғаны да қабыл қылар еди.

Анас ибн Мәлик разыяллаҳу анҳу айтады: “(Айша разыяллаҳу анҳаның азат еткен шорысы) Барира өзине иҳсан қылынған гөшти Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламға саўға қылды. Сонда, ол адам: “Бул оған (Барираға) садақа, ал бизге, саўға болады”, – деди”.
Бухарий ҳәм Муслим рәўияты.

Яғный, Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам азат етилген шоры ҳаялдың саўғасын алыўдан кибрленбеген, оның муғдары ҳәм баҳасына қарап баҳа берместен қабыллады.

Тағы бул ҳәдистен бир нәрсениң ийеси өзгериўи менен оның сыпаты өзгериўи ҳаққындағы ҳүким де келип шығады. Негизи бул гөш Барираға садақа қылынған еди.
Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламға садақа мал-мүлкинен жеў мүмкин емес. Бирақ, Барира бул гөшти Расулуллаҳға саўға етип берди. Нәрсениң ийеси (Барирадан Расулуллаҳға) өзгериўи менен ҳүкими де (садақадан саўғаға) өзгерди: Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам саўғаны қабыллап, оннан пайдаланар еди.)

Пайғамбарымыз алайҳиссалам сийратларында буған уқсас орынлар көп. Бул сүннетти жеңил бир ҳәрекет пенен әмелге асырыў мүмкин - кишкене китапша, бир дана гүл, аз ғана тағам, бир қәлем сатып алыў жетерли. Саўға үлесиў сүннетин ата-ана, ерли-зайып, аға-ини, дос-бирәдарлар, қоңсы-қобалар арасында жолға қойыў мақсетке муўапық болады.


https://t.me/paziyletuz
#сүннетке_әмел_етемиз

Уйқыдан оянған ўақытта қылынатуғын сүннет әмеллер

1. Уйқының жүздеги ериншеклигин кетириў ушын қол менен жүзди сыйпалаў;

Имам Нәўәўий ҳәм ибн Ҳажар раҳимаҳуллаҳ бул истиң сүннет әмел екенине төмендеги ҳәдисти дәлил етип кедтиреди:
"Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам оянды да, отырып жүзин ысқылап, уйқыны кетирди".
Имам Мүслим рәўияты

2. Дуўа;

"Бизлердиң руўҳымызды алғаннан кейин, қайта өмир бағышлаған Аллаҳ таалаға мақтаўлар болсын. Қайта тирилиў ҳәм қайтыў Оның Өзине".
Имам Бухарый рәўияты

3. Мисўәк ислетиў;

"Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам түнде уйқыдан турғанда аўызын мисўәк пенен тазалайтуғын еди". Муттафақун алайҳи

4. Мурынды қағыў;

Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: "Сизлерден бириңиз уйқыдан турса, мурнын үш мәрте шайып тасласын. Себеби, шайтан оның димағында уйқлайды", деди. Муттафақун алайҳи

Түсиндирме: "Димағ" сөзи араб тилинен алынған болып: "мурынның ең жоқарғы жери, бас мийге жақын жер" деген мәнини аңлатады.

5. Қолларын үш мәрте жуўыў;

Пайғамбарымыз алайҳиссалам: "Сизлерден бириңиз уйқыдан турса, ыдысқа қолын тықпастан алдын қолларын үш мәрте жуўсын", деди. Муттафақун алайҳи

https://t.me/joinchat/AAAAAEUZPAm6wk-2LZebeQ