#усыныс
Дүнья жүзиндеги мусылман психолог алымларынан әҳмийетли усыныслар:
1. Коронавирус ҳаққындағы хабарлардан өзиңизди шетке алың! Себеби, бул ҳаққында сиз билиўиңиз керек болған нәрселердиң ҳәммесин дерлик билип болдыңыз.
2. Бул вирус себепли набыт болғанлар саны ҳаққындағы хабарларға қызығабермең! Себеби, бул нәтийжесине қызығатуғындай футбол ойыны емес. Солай екен, буннан сақланың.
3. Интернеттен бул ҳаққындағы қосымша мағлыўматларды излемең! Себеби, бул нәрсе кеўилиңизди шөктиреди.
4. Қорқынышлы ҳәм ашынарлы хабарларды өзгелерге жибериўден сақланың! Себеби, адамлар арасында бундай хабарларды жүреги көтере алмайтуғынлары да бар. Сиз оларға жәрдемлесиў орнына керисинше, олардың басқа кеселликлерин де ҳәўиж алдырып, оларды түскинликке түсирип қоясыз.
5. Үйиңизде Қуран оқып яки еситип отырың, ҳәмде таңғы ҳәм кешки зикирлер менен өзиңизди қорғаң!
6. Балалар ушын кеўил ашар ҳәр түрли ойынларды ойлап таўың! (Мәселен: “Ким биледи?” ойынын яки зейинди өткирлеўши математикалық шынығыўлар сыяқлы. ...) Олар менен пикирлесип, оларды тыңлаң ҳәм оларға пайдалы, мақсетке бағдарлаўшы ҳикаяларды айтып яки китаплар оқып бериң.
7. Үйиңизде шыпакерлердиң усынысларын қатаң түрде әмел етип, қолларыңызды жуўып турың. Зәрүрлик жүзесинен басқа ўақытларда үйиңизден шықпаң!
8. Жоқары кейпиятта болыўыңыз сизге иммунитет системасын күшейтиўге жәрдемлессе, ал кейпиятыңыздың түсиўи иммунитет системасын әззилестирип, вирусларға қарсы гүресе алмайтуғын етип қояды.
9. Карантин ўақтын дүнья ҳәм ақыретиңизге пайдалы болған әмеллер ушын сарп етиң. (Мысалы: Қуран оқыў, зикирлер, таҳажжуд намазы, китап оқыў, перзентлериңиздиң сабақлардан үлгериўшеңлигин тексериў, әҳли-ҳаялларыңызға көмеклесиў киби әҳмийетли ислерди ислеў...)
10. Ҳәммесинен де әҳмийетлиси – Аллаҳ таала усы обаны әлбетте кетириўине ҳәм өмир тағы өз изине түсип кетиўине қатаң түрде исенимде болыў.
Уллы Аллаҳ тааладан усындай ғамды бул үмметтен кетириўин сораймыз ҳәм жаманлықлардан пана тилеймиз. Усы кеселликке шалынғанларға тез арада шыпа бериўин, сондай-ақ, бул кеселлик себепли дүньядан өткен мусылманларды мийримине алыўын сораймыз!
https://t.me/joinchat/AAAAAEUZPAm6wk-2LZebeQ

Telegram
Paziyletuz | Рәсмий канал
Қарақалпақстан мусылманлары қазыятының рәсмий сайты
https://www.facebook.com/groups/1393604727481912/
https://instagram.com/paziylet.uz?igshid=9ipx3fosdr4e
https://www.youtube.com/channel/UCrMPXuoyl0Wh3wUmka5pxHg

10 пайдалы кеңес
– Дүньяда ақырети ушын саўап жыйнаған адам – қыямет күни Аллаҳға сүйкимли бенде болады;
– Ғәзепти тәрк еткен инсан – Аллаҳтың қорғаўында болады;
– Дүньяда жасаў саўдасы (дәртин) тәрк еткен адам – Аллаҳтың азабынан аман болады. Ал, дүньяда рәҳәтти тәрк еткен адам – қыямет күни бахтияр болады;
– Көре алмаўшылықты таслаған адам – қыяметте мақтаўға сазаўар болады;
– Баслық болыў саўдасын тәрк еткен – қыямет күни Мәлик ҳәм Жаббар (Аллаҳ) нәзеринде әзиз ҳәм итибарлы болады;
– Дүньяда бийҳуўда нәрселерди тәрк еткен – жақсылар арасында неъматқа ериседи;
– Дүньяда қысыўметти (душпанлық, әдепсизликти) тәрк еткен – қыямет күни пайда көргенлерден болады;
– Дүньяда байлықты (мал-дүнья муҳаббатын) тәрк етип, пақырлықты (кәмбағаллықты) таңлағанды қыямет күни Аллаҳ таала ўәлийлер ҳәм Пайғамбарлар менен бирге тирилтиреди;
– Дүньяда инсанлардың итияжын қандырғанды (яғный, оларға жәрдем бергенди) Аллаҳ таала дүнья ҳәм ақыреттеги итияжларынан қәжетсиз етеди;
– Дүньяда қызғаншақлықты тәрк еткен инсанлар арасында ең алдыңғы қатарда зикир етилиўшилер қатарынан орын алады;
"Алтын үгитлер" китабынан