Paziyletuz | Рәсмий канал
72.7K subscribers
27.8K photos
4.12K videos
34 files
33.5K links
Download Telegram
#мәнили_сөзлер

«Манчестер Юнайтед» ярым қорғаўшысы Поль Погба:

«Ислам дини мениң ушын жүдә әҳмийетли. Ол маған бәрше неъматлар ушын шүкир етиў имканын берди. Ислам дини мени өзгертти, өмирдеги көп нәрселерди аңлаўда жәрдемлести. Ол қәлбимди қәтержам етпекте.

Исламды қабыл етиўим өмиримдеги жақсы өзгерис болды, себеби мусылман болып туўылмаған едим. Ҳәтте анам мусылман болса да.

Ислам дини терроризм емес, ол ғалаба хабар қуралларынан еситип ҳәм оқып атырған нәрсемизден басқаша. Ол жүдә шырайлы дин. Буған өзиңиз гүўа болыўыңыз мүмкин. Ҳәр бир инсан Ислам менен байланысы бар екенин сезиўи мүмкин. Досларым арасында көп мусылманлар бар, солар арқалы мусылманшылықты қабыл еттим. Бизлер мудамы мусылманшылық ҳаққында сөйлесемиз.

Алдын көп сораўларға дус келер едим, кейиншелик өзим бул ҳаққында излендим. Бир күни досларым менен ибадат еткенимнен кейин, ишимде бир нәрсе өзгергенин сездим. Өзимди ҳақыйқаттан да жүдә жақсы сездим. Сол күннен баслап ибадаттаман. Ҳәр күни 5 ўақыт намаз оқыў, тәўбе етиў ҳәм неъматларға шүкиршилик етиў лазым.

Бул дин аңымды рәўшанластырды ҳәм мени жақсы адамға айландырды. Ақырет ҳаққында жүдә көп пикирлей басладым. Ислам – инсаныят ҳәм басқа нәрселерге ҳүрметти үйретеди.



•••┄┄༻✿༺┄┄•••
https://t.me/joinchat/AAAAAEUZPAm6wk-2LZebeQ
#мәнили_сөзлер

ИЛИМ

Муаз ибн Жабал разыяллаҳу анҳу илимге төмендеги тәрийпти берген:
🍀 «Илим

🌱 - сапарда жалғыз болсаң - ең жақын жолдас;

🌱 - жалғыз жасайтуғын болсаң - ең жақын дос;

🌱 - теңизде адасып қалсаң - туўры жол көрсетиўши маяқ;

🌱 - өмирдеги қуўанышлы ҳәм қапа күнлериңде - қасыңда турыўшы ағайын;

🌱 - досларыңның алдында - туўры мәсләҳәт берип турыўшы ўәзир;

🌱 - душпанларыңның алдында - қорғаўшы әскер;

🌱 - жәннет жолын көрсетиўши - минара».


https://t.me/joinchat/AAAAAEUZPAm6wk-2LZebeQ