This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Ҳәр бир секундқа сораў бар...
Динимиздиң тәлиматына муўапық, мусылман инсан ҳәр бир сөзи, әмели ҳәм өмирин не менен өткергени ҳаққында Аллаҳ таала алдында есап береди.
Бул ҳаққында төмендеги ҳәдис келген: "Муаз ибн Жабал разыяллаҳу анҳудан рәўият қылған ҳәдисте Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам айтады: "Қыямет күнинде бенде аяқта турар екен, төрт нәрсе ҳаққында соралады: өмирин не менен өткергени, жаслығын қалай өткергени, мал-мүлкин қай жерден ислеп тапқаны ҳәм қай жерге жумсағаны, илимине қалай әмел қылғаны" (Имам Баззар ҳәм Имам Табараний рәўияты).
___
Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
🥺 Телеграм| 🤪 Facebook| 🛍 Instagram| 😍 Youtube
🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz

Ҳар бир сонияга сўроқ бор...
Динимиз таълимотига кўра, мусулмон киши ҳар бир сўзи, амали ва умрини нима билан ўтказгани ҳақида Аллоҳ таоло олдида ҳисоб беради.
Бу ҳақда қуйидагича ҳадис келган: “Муоз ибн Жабал розийаллоҳу анҳудан ривоят қилган ҳадисда Расулуллоҳ соллаллоҳу алайҳи ва саллам айтадилар: “Қиёматда кунида банда оёқда турар экан, тўрт хислат борасида сўралади: умрини нима билан ўтказгани, ёшлигини нимага кетказгани, мол-мулкини қаердан ишлаб топгани ва қаерга сарфлагани, илмига қандай амал қилгани” (Имом Баззор ва Имом Табароний ривояти).
Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
❤124👍30😍4👏3🥰2
СӘЛЕМНИҢ БАҲАСЫ
Бир күни Ҳәзирети Әлийдиң улы Имам Ҳасанның алдына шорысы кирип сәлем берди ҳәм оған қолындағы бир шақа райханды берди. Сонда ол шоры қызға қарап:
- Сен енди азатсаң, - деди.
Қасындағылар:
- Бир буўат райхан алып келгени ушын шоры қызды да азат ете ме? - дести. Сонда сүйикли пайғамбардың сүйикли ақлығы:
- Жаратқан: "Сизлерге сәлем берилсе, сизлер оннан жақсырақ яки дәл солай етип жуўап қайтарың", демеген бе? - деди.
📚 "Рәўиятлар китабы"нан.
___
Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
🥺 Телеграм| 🤪 Facebook| 🛍 Instagram| 😍 Youtube
🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Бир күни Ҳәзирети Әлийдиң улы Имам Ҳасанның алдына шорысы кирип сәлем берди ҳәм оған қолындағы бир шақа райханды берди. Сонда ол шоры қызға қарап:
- Сен енди азатсаң, - деди.
Қасындағылар:
- Бир буўат райхан алып келгени ушын шоры қызды да азат ете ме? - дести. Сонда сүйикли пайғамбардың сүйикли ақлығы:
- Жаратқан: "Сизлерге сәлем берилсе, сизлер оннан жақсырақ яки дәл солай етип жуўап қайтарың", демеген бе? - деди.
___
САЛОМНИНГ БАҲОСИ
Бир куни Ҳазрати Алининг ўғли Имом Ҳасан ҳузурларига чўрилари кириб салом берди ва у кишига қўлидаги бир шох райҳонни узатди. Шунда у зот чўрига қарата:
- Сен энди озодсан, - дедилар.
Ёнидагилар:
- Бир тутам райҳон олиб келгани учун чўрини ҳам озод қилинадими? - дейишди. Шунда суюкли пайғамбарнинг суюкли набиралари:
- Парвардигор: «Сизларга салом берилса, сизлар ундан яхшироқ ёки худди ўшандай қилиб алик олинглар», демаганми? - дедилар.📚 "Ривоятлар китоби"дан.
Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
❤119👍31👏3
ТАРАЎ ХЫЗМЕТКЕРЛЕРИН КӘСИПЛИК БАЙРАМЫ МЕНЕН ҚУТЛЫҚЛАДЫ
Бүгин, 27-июнь – «Баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери күни» мүнәсибети менен имам-хатиблер қатнасында ушырасыў болып өтти. Онда Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Б.Разов диний-ағартыўшылық тараўдағы жаңалық ҳәм жетискенликлерди ғалаба хабар қураллары, социаллық тармақлар арқалы халыққа тез ҳәм сапалы жеткериўде мийнет етип атырған тараў хызметкерлерин «27-июнь - Баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери күни» мүнәсибети менен қутлықлады.
Оларға Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты тәрепинен миннетдаршылық билдирип, байрам мүнәсибети менен естелик саўғалар берилди ҳәм алдағы жумысларында табыслар тиледи.
Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты.
______

СОҲА ХОДИМЛАРИНИ КАСБ БАЙРАМИ БИЛАН ТАБРИКЛАДИ
Бугун, 27 июнь – «Матбуот ва оммавий ахборот воситалари ходимлари куни» муносабати билан имом-хатиблар иштирокида учрашув бўлиб ўтди. Унда Қорақалпоғистон мусулмонлари қозиёти қозиси Б.Разов диний-маърифий соҳадаги янгилик ва ютуқларни оммавий ахборот воситалари, ижтимоий тармоқлар орқали аҳолига тез ва сифатли етказишда меҳнат қилаётган соҳа ходимларини «27 июнь - Матбуот ва оммавий ахборот воситалари ходимлари куни» муносабати билан табриклади.
Уларга Қорақалпоғистон мусулмонлари қозиёти томонидан ташаккур билдириб, байрам муносабати билан эсдалик совғалари топширилди ва келгуси ишларида муваффақиятлар тилади.
Қорақалпоғистон мусулмонлари қозиёти.
Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
❤85👍32😍5👏2⚡1
#ҳикмет
Шофёрға да, жумысшыға да, сипсекешке де күле шырай менен қара. Бәлким, олардың айлығы телефоныңның баҳасына ямаса бир шийше әтириңе жетпеўи мүмкин. Жаман мәмилең менен олардың қайғысын арттырма. Әжайып минез-қулқың менен жоқары мәртебеге көтерил. Себеби, Аллаҳтың алдында ҳәммемиз теңбиз!
___
Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
🥺 Телеграм| 🤪 Facebook| 🛍 Instagram| 😍 Youtube
🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Шофёрға да, жумысшыға да, сипсекешке де күле шырай менен қара. Бәлким, олардың айлығы телефоныңның баҳасына ямаса бир шийше әтириңе жетпеўи мүмкин. Жаман мәмилең менен олардың қайғысын арттырма. Әжайып минез-қулқың менен жоқары мәртебеге көтерил. Себеби, Аллаҳтың алдында ҳәммемиз теңбиз!
___
Ҳайдовчига ҳам, ишчига ҳам, фаррошга ҳам табассум қил. Эҳтимол, уларнинг маоши телефонингнинг чеки ёки бир шиша атирингга етмаслиги мумкин. Ёмон муомаланг билан уларнинг ғамига ғам қўшма. Гўзал хулқинг билан юқори мартабага кўтарил. Зеро, Аллоҳнинг ҳузурида барчамиз баробармиз!
Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Telegram
Paziyletuz | Рәсмий канал
Қарақалпақстан мусылманлары қазыятының рәсмий сайты
https://www.facebook.com/groups/1393604727481912/
https://instagram.com/paziylet.uz?igshid=9ipx3fosdr4e
https://www.youtube.com/channel/UCrMPXuoyl0Wh3wUmka5pxHg

❤168👍58🥰9👏8⚡2😍2
Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам айтқан: "Билип қойың, ғәзеп – Адам баласының жүрегиндеги шоқ. Оның көзлери қызарып, мойын тамырларының исип кеткенин көрмедиңиз бе?! Ким усы ҳалатты өзинде сезсе, жерге жабысып (отырып) алсын" Әбиў Саъид Худрий рәўияты.
"Әлбетте ғәзеп шайтаннан. Шайтан оттан жаратылған. Отты суў өширеди. Егер сизлерден биреўиңиз ғәзепленсе, таҳәрат алсын"
Әбиў Даўыт ҳәм Имам Аҳмадлар өз муснадларында келтирген.
___
🔴 😡 Ғазабланганда нима қилиш керак?
Расулуллоҳ соллаллоҳу алайҳи ва саллам айтган: «Огоҳ бўлинг, ғазаб Одам фарзанди қалбидаги чўғдир. Унинг кўзлари қизариб, бўйин томирларининг шишиб кетганини кўрмаганмисиз?! Ким шу ҳолатни ўзида сезса, ерга ёпишиб (ўтириб) олсин» Абу Саъид Худрий ривояти.
«Албатта ғазаб шайтондандир. Шайтон оловдан яратилган. Оловни сув ўчиради. Агар сизлардан бирортангиз ғазабланса, таҳорат қилиб олсин»
Абу Довуд ва Имом Аҳмадлар ўз муснадларида келтирган.
Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Telegram
Paziyletuz | Рәсмий канал
Қарақалпақстан мусылманлары қазыятының рәсмий сайты
https://www.facebook.com/groups/1393604727481912/
https://instagram.com/paziylet.uz?igshid=9ipx3fosdr4e
https://www.youtube.com/channel/UCrMPXuoyl0Wh3wUmka5pxHg
https://www.facebook.com/groups/1393604727481912/
https://instagram.com/paziylet.uz?igshid=9ipx3fosdr4e
https://www.youtube.com/channel/UCrMPXuoyl0Wh3wUmka5pxHg
👍94❤75👏8⚡3
Қәндек саўашында қәндек қазыўды ким мәсләҳәт берген?
📚"Әдеплер ғәзийнеси" 1-том.
📚"Әдеплер ғәзийнеси" 1-том.
Anonymous Poll
17%
Убай ибн Каъб разыяллаҳу анҳу
48%
Умар ибн Хаттаб разыяллаҳу анҳу
20%
Салман Фарсий разыяллаҳу анҳу
16%
Енди билип аламан
👏96👍58❤44🥰15⚡8
Нәўбеттеги көшпели семинар Нөкис районында шөлкемлестирилди
Әдеттегидей Өзбекстан мусылманлары басқармасы тәрепинен имам-хатиблер жумысларын нәтийжели шөлкемлестириў, мәҳәллелерди үйрениў, халық пенен тығыз байланыста болыў бойынша турақлы түрде өткерилип келинген көшпели семинар бүгин дин ислери бойынша комитет пенен биргеликте Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Бахрамаддин Разов басшылығында Нөкис районында шөлкемлестирилди. Онда Нөкис районындағы 3 мешит ҳәм 13 мәҳәллеси үйренилди. Имам-хатиблер мәкан пуқаралары жыйыны баслықлары, ҳажылар менен бирге 100 шаңараққа кирип, олардың ҳал-жағдайларынан хабар алды, жасаў шараятлары менен жақыннан танысты. Имам-хатиблер 10 категорияға тийисли 100 шаңараққа руўхый-ағартыўшылық, үгит-нәсият ҳәм әмелий жәрдем илажларын алып барды.
Атап айтсақ, ажырым жағасына келип қалған, жәнжелли 5 шаңарақ үйренилип, оларға «Шаңарақтың мүқәддеслиги, Перзент тәғрбиясы» мазмунында нәсиятлар берилди. Тынышсызлық себеплерин сапластырыў, аразласқанларды жарастырыў илажлары көрилди;
- 57 кем тәмийинленген шаңараққа қәўендерлер көмеги менен азық-аўқат өнимлеринен материаллық жәрдемлер көрсетилди. Олардың арасынан жәрдемге мүтәж шаңарақларға материаллық жақтан турақлы жәрдемлер бериў ислери режелестирилди.
- ишкиликке берилген 2 пуқарадан хабар алынып, бул иллеттиң динимизде қатты қараланыўы, барлық жаманлықлардың себепшиси екенлиги түсиндирилип, саламат турмыс тәризине қайтыў бойынша усыныслар берилди.
- нәгиран ҳәм наўқас пуқаралар жасайтуғын 35 шаңарақларға кирип, олардан кеўил соралды, емлениў ҳәм дәри-дәрмақ ушын материаллық жәрдемлер көрсетиў режелестирилди.
- Сапар даўамында өмир тәжрийбесине ийе, көпти көрген, жасы үлкен, нураныйлар ҳалынан хабар алынып, елимиздиң тынышлығы, халқымыздың абаданлығын тилеп дуўалары алынды.
Имам-хатиблер өзлерине бириктирилген мешитлерде песин намазын оқып, жыйналған қәўимге, «Тынышлық бахты, шүкиршилик, илим алыў пазийлети, жат идеялар тәсиринен сақланыў, миссионерлик ҳәрекетлериниң унамсыз ақыбетлери» сыяқлы әҳмийетли темаларда баянатлар жасады.
Илаж соңында әмелге асырылған жумыслар талқыланып, Нөкис районындағы мешитлердиң жумысларын еле де раўажландырыў ушын көрсетпе ҳәм усыныслар берилди.

❤67👍24